ТАРҚАТИЛГАН ХАБАР ЮЗАСИДАН МАЪЛУМОТ
Хорижий давлатларнинг бирида тарқатилаётган айрим ижтимоий тармоқларда 1—2 кунлари Нукус шаҳрида бўлиб ўтган оммавий тартибсизликлар юзасидан турли хил ёлғон маълумотлар тарқатилиши давом этмоқда. Хусусан фуқаролар томонидан тартибсизликлар содир бўлган жойлардан ўқ отар қуроллардан отилган гильзалар топилгани акс этган видеотасвирлар тарқатилган. Унда “тинч намойишлар чоғида, тинч аҳолини ўлдирган ўқ дорилардан қолган гильзалар” деган хабар тарқатилган. Бироқ бу видеотасвирда ҳеч қандай ўлганлар кўрсатилмаган.
Шу сабабли биз бу хабарлар ёлғон эканлигини маълум қиламиз. Оммавий ахборот воситалари учун ўтказилган брифингда Миллий гвардия вакиллари ҳақиқий ўқ-дорилар қачон ишлатилиши ҳақида аниқ жавоб беришди, аммо бу ерда улар ишлатилмади. Фақат оломонни тарқатиш ва тартибсизликларни бостириш учун махсус воситалар – ёруғлик, шовқин ва тутун ишлатилган. Аниқлик киритиб ўтамизки, пиротехника воситалари билан тўлдирилган патронларнинг ўқлари махсус 4 ўқли қўшимчали Калашников автоматдан отилади. Албатта бундай махсус воситаларни қўллаш учун автоматга пахтовон ўқлар жойланади. Оламонни тарқатиш учун ишлатилган бу каби махсус воситалар қолдиқларини топиб олган айрим фуқаролар провокацион рухдаги видеохабарларни ижтимоий тармоқларда тарқатишни мақсад қилишган. Бироқ, ҳуқуқни муҳофаза қилувчи органлар ходимларининг бундай вазиятларда қуроллардан фойдаланиши учун қонуний асослари мавжуд.
---------
ТАРҚАЛҒАН ХАБАР БОЙЫНША МАҒЛЫЎМАТ
Шет мәмлекетлердиң биринде айрым социаллық тармақларында тарқалған 1-2-күнлери Нөкис қаласында болып өткен ғалабалық тәртипсизликлер бойынша түрли жалған мағлыўматлар тарқалыўы даўам етпекте. Атап айтатуғын болсақ, пуқаралар тәрепинен тәртипсизликлер болған орынларда оқ атар қураллардан атылған гилзалар табылғаны сәўлеленген видеолар тарқалған. Хабарда “тыныш топланыў ўақтында, тыныш пуқараларды өлтирген оқ дәрилерден қалған гилзалар” деген пикирлер билдирилген. Бирақ, видео көринисте ҳеш қандай қайтыс болғанлар көрсетилмеген.
Усы себепли биз, хабарлар жалған екенлигин мәлим етемиз. Ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ушын өткерилген брифингде Миллий гвардия ўәкиллери тәрепинен ҳақыйқый оқ-дәрилер қашан қолланылыўы ҳаққында анық жуўап берилди, бирақ бул орында олар қолланылмады. Топланғанларды тарқатыў ҳәм тәртипсизликлерди бастырыў ушын арнаўлы буйымлар-жарықлық, шаўқым ҳәм түтин қолланылды. Және де анықлық киритип өтемиз, пиротехника өнимлери менен толтырылған патронлар оқлары арнаўлы 4 оқлы қосымшалы Калашников автоматынан атылады. Әлбетте, бундай арнаўлы қурылмаларды қоллаў ушын автоматқа ҳолостой оқлар жайластырылады. Топланғанларды тарқатыў ушын қолланылған арнаўлы буйымлар қалдықларын таўып алған пуқаралар провокациялық руўҳтағы видео хабарларды социаллық тармақларда тарқатыўды мақсет еткен. Бирақ, ҳуқықты қорғаў органлары хызметкерлери бундай жағдайларда қураллардан нызамлы түрде пайдаланыў бойынша нызамлы тийкарлары бар.